Ташкент қаласында бокс бойынша өткерилип атырған жәҳән чемпионатының жетинши күнинде Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ушын оғада әўметли келди.

Чемпионаттың 1/8 финал беллесиўлеринде ринге шыққан 57 кг салмақтағы боксшимиз Абдумалик Халоков австралиялы Чарли Сениорды 3-раунд жуўмағына бола жеңип шыққан, +92 кгда қатнасып атырған Баҳодир Жалолов  және бир австралиялы Теремоана Теремоананы 2-раунд-ақ нокаутқа түсирип, шерек финал жолламасын қолға киргизиўге еристи.

Ал, 75  кг салмақта чемпионатта табыслы қатнасып киятырған Аълохон Абдуллаев қытайлы Менгянг Жаоны, 51 кгда Ҳасанбой Дўсматов марокколы  Саид Муртажиди жеңилиске ушыратып, келеси басқышқа жол алды.

9-май күни 1/8 финалда Ҳасанбай Дўсматов кубалы Эрислан Ромеро Рейеске қарсы рингке шықса, Баҳодир Жалолов 10-майда қазақстанлы Камшибек Конкабаев пенен ярым финал жолламасы ушын өз-ара гүрес алып барады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы