Футбол бойынша Италия А Сериясының 33-турында «Удинезе» өз майданында 4-май, пийшемби күни «Наполи»ди қабыл етти.

Ушырасыўдың 13-минутында «Удинезе» футболшысы Санди Ловрич гол урып, есапты ашты. 52-минутта «Наполи» ҳүжимшиси Виктор Осимҳен есапты теңлестирди ҳәм усы нәтийже ушырасыў соңына шекем сақланып қалды.

Бул нәтийжеден соң Неапол клубының упайлары 80 ге жетти ҳәм команда мәўсим жуўмақланыўына 5 тур қалғанда мүддетинен алдын Италия чемпионлығын қолға киргизди.

«Наполи» 33 жыл даўамында Скудеттоға ийе болмаған еди. Неаполлилер өз тарийхында үшинши мәрте Италия чемпионына айланды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги