Усы жыл 2-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиӊ Германия Федеративлик Республикасына жоқары дәрежедеги сапары даўамында Германиянаныӊ жетекши компаниялары ҳәм еки мәмлекет қаржы институтлары қатнасыўында Өзбекстан-Германия бизнес-форумы болып өтти.
Бизнес-форум шеӊберинде Өзбекстан ҳәм Германия исбилерменлери арасында келисимлердиӊ үлкен топламына қол қойылды. Форум даўамында өз-ара бирге ислесиўдиӊ пайдалы бағдарлары ҳәм жаӊа өсиў ноқатларын әмелге асырыў ушын пикирлер алмасылды.
Бизнес-форум шеӊберинде дүзилген әҳмийетли шәртнамалар қатарында «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖ (кейинги орынларда – «Өзмиллийбанк») ҳәм Landesbank Baden-Württemberg (кейинги орынларда – LBBW) арасында қол қойылған 100 миллион евро муғдарында кредит линиясын қаратыў бойынша бирге ислесиў келисими де бар.
Келисим «Өзмиллийбанк» эксклюзив шәртлерде инвестициялық жойбарларды, тоқымашылық санааты ҳәм альтернатив энергетика тараўындағы «Euler Hermes» экспорт-кредит агентлиги қапламасы астында узақ мүддетли ҳәм жеӊилликли қаржыландырыўды қаратыў имканиятын береди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 10-январдағы ПҚ-2-санлы қарарын әмелге асырыў мақсетинде Германия тәрепи менен LBBW кредит линиясы арқалы жойбар көлеми 143 миллион евро болған тоқымашылық санааты жойбарын қаржыландырыў бойынша келисимлерге ерисилди. Усы жойбарларды әмелге асырыў 2000 нан аслам жаӊа жумыс орынларыныӊ жаратылыўына ҳәм бул тармақта экспорт көлемин 100 миллион евродан артық муғдарда арттырыўға хызмет етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ жоқарыдағы пәрманына муўапық тоқымашылық тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў, тоқымашылық өнимлерин жоқары технологиялы өндирис дәрежесинде шөлкемлестириўди, жоқары қосымша қунға ийе таяр ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўды 2,1 есеге экспорт көрсеткишин 2,6 есеге арттырыўды, сондай-ақ, бар кәрханалардыӊ өндирис қуўатлықларын кеӊейтиўди тәмийинлейди.
Өзбекстан Республикасы тоқымашылық санааты жоқары тезликте раўажланбақта, буған кеӊ шийки зат базасыныӊ бар болғанлығы ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлерге талаптыӊ артып баратырғанлығы, сондай-ақ, қолайлы инвестиция сиясаты мәмлекетке сырт елден инвестициялар ағымын көбейтеди.
Мағлыўмат ушын: LBBW 1818-жылы шөлкемлестирилген болып, активлери 324,1 миллиард евро, капиталы – 15,4 миллиард евро пайдасы– 1,5 миллиард евроны қурайды ҳәм Германияныӊ федерал жерлеринде(Баден-Вюртемберг, Рейнланд-Пфалз, Саксония) ири универсал банк есапланады. LBBW бизнес-модели корпоратив ҳәм жеке қарыйдарларға, фонд кассаларында хызмет көрсетиўге қаратылған. Банк, сондай-ақ, Баден-Вюртемберг, Рейнланд-Пфалз ва Саксониядағы аманат кассалары ушын орайлық банк ўазыйпасын атқарады.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарыныӊ 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги