Парсы қолтығы араб мәмлекетлери шериклиги шөлкемине киретуғын Саудия Арабстаны, БАӘ, Қатар, Бахрейн, Қувейт ҳәм Йемен шенген аймағына уқсас бирден-бир виза аймағын жаратыў мәселесин додаламақта, деп хабар берди Arabian Business басылымы.
Атап айтқанда, Бахрейн туризм министри Фотима ас-Сайрафи, БАӘ экономика министри орынбасары Абдулла Ал Солих ҳәм Саудия Арабстаны туризм басқармасы директоры Фахд Хамидаддин дүйшемби күни Дубайда ашылған Arabian Travel Market көргизбесинде бул мәселе бойынша өз-ара келискен. Arabian Business басылымының атап өтиўинше, ушырасыў қатнасыўшылары Парсы қолтығы араб мәмлекетлери шериклиги шөлкеми аймағында виза тәртиплерин унификациялаў зәрүрлигин атап өткен.
“Парсы қолтығы регионында шенген визасына уқсас виза тәртиби енгизилиўи үлкен пайда келтиреди және оны тән алыў географиясы да кеңейеди. Парсы қолтығы мәмлекетлерине сапар етиў аңсатласса, бул туристлик тараўдың раўажланыўына унамлы тәсир етеди, саяхатшылар болса шегараларды кесип отип атырғанда шеклеўлерге дус келмейди”,- деп айтып өткен Саудия Арабстаны ўәкили Фахд Хамидаддин.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги