Хожели районы халқының саны бүгинги күнде 125 мыңнан аслам. Районда 7 мың 200 гектарлық пахта, 3428 гектарлық ғәлле майданлары болып, 850 гектары дийқан хожалығы, 206 гектары көп жыллық терекликлерге ажыратылған. 59,9 мыңнан аслам шарўа маллары бар.

Райондағы 357 фермер хожалығының егислик майданларынан 2022-жылы
525 пуқараға 150,7 гектар, 2023-жылы 258 пуқараға 294 гектар жер ажыратып берилген.

– Районда бүгинги күнде егислик майданлары суўғарылып, егиске таяр жағдайға келтирилди,-дейди Хожели районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А.Уразимбетов.

Район халқын тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде есап-санақ жумыслары алып барылып, тийкарғы майданлардан 500 гектар жерге картошка егиў жумыслары алып барылмақта.

Гөш ҳәм таўық гөшине болған талапты қанаатландырыў мақсетинде усы жылдың ақырына шекем қарамаллардың бас саны 59 мың 954 ке, қой ҳәм ешкилердиң бас саны 30 мың 206, таўықлар 205 мыңга жеткериледи.

Сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, сапалы өним жетистириў арқалы базарда баҳаның турақлылығын сақлаў мақсетинде район аймағындағы қыйтақ жер майданларын үйрениў барысында район аймағындағы қыйтақ жер ийелерине тийисли 175,4 гектар майданға картошка егиў режелестирилген.

Картошка егиў ушын 438,5 тонна картошка туқымы ҳәм 2 миллиард
105 миллион сум муғдарда қаржы керек екенлиги, соннан, 1 миллиард 263 миллион сум қаржы өз қаржылары есабынан, 841 миллион сум фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен кредит арқалы ажыратып берилиўи режелестирилген. Бул арқалы 2,45 мың тонна картошка жетистирилиўи күтилмекте.

Аўыл хожалығы тараўында жаңадан инвестициялық жойбарларды иске түсириў нәтийжесинде халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, қайта ислеўди жолға қойыў ҳәм жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 2023-жылда 53 млрд. 730 млн. сумлық 13 жаңа жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Соннан, балықшылықты раўажландырыў, дәнди қайта ислеў, ишимлик майын ислеп шыгарыўшы заводты раўажландырып, май ислеп шыгарыў, музлатқышлы қоймахананы иске түсириў, шарўашылық бағдары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша жумысларды атап өтсек болады.

Быйыл 7 мың 200 гектар майданға пахта егиў режелестирилген болып, бүгинги күнде райондағы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары, пахта-тоқымашылық кластерлери менен шәртнамалар дүзилип шигит егиў жумыслары даўам етпекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги