Кеше Ташкент қаласында өткерилип атырған бокс бойынша жәҳән чемпионатының 3-күнинде бир қатар беллесиўлер болып өтти.
Атап айтатуғын болсақ, 71 кг салмақта 1/32 финалда өзиниң дәслепки ушырасыўын өткерген Саиджамшид Жафаров мозамбикли Тиаго Муханды упайлар есабында жеңип шыққан болса, 60 кг салмақта екинши мәрте рингке шығып атырған Мужибилло Турсунов 1/16 финалда гамбиялы Марри Коррды 2-раундта-ақ, нокаутқа ушыратыўға еристи.
Буннан алдын Руслан Абдуллаев, Шоҳжаҳон Абдуллаев ҳәм Жасурбек Йўлдошевлар да жәҳән чемпионатының кейинги басқышына жолламаны қолға киргизген еди.
Ал, чемпионаттағы тийкарғы қарсыласларымыздың бири Қазақстан сайланды командасы боксшилеринен болса, Сағындык Тогамбай, Санатали Толтаев ҳәм Айбек Оралбайлар кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизиўге еристи. 60 кг салмақта 1/16 финалда беллесиўлерге түскен Талғат Сырымбетов болса, иорданиялы Моҳамед Абу-Жажеҳтен жеңилип қалды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы