Тахтакөпир районындағы «Дәўқара» стадионында еки күн даўамында 2010-жылы туўылған жас өспиримлер арасында футбол бойынша «Спорт мектеплери футбол лигасы» турнириниң Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Оған Нөкис қаласы ҳәм районлардан футбол менен шуғылланыўшы оқыўшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында 3-орынды Нөкис районы спорт мектебиниң тәрбияланыўшыларын 1-0 есабында жеңип шығыўға ерискен Қанлыкөл районының жас футболшылары ийелеўге миясар болды.

Ал, чемпионлық болса, Тақыятас районы спорт мектебин 3-0 есабында жеңип шыққан Республикалық қәнигелестирилген спорт мектебиниң тәрбияланыўшыларына несип етти.

Турнир соңында жеңимпаз командалар Қарақалпақстан Республикасы Футбол ассоциациясы тәрепинен арнаўлы кубок, дәрежели диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы