Футбол бойынша Англия Премьер Лигасының 34-турында “Арсенал” ҳәм “Челси” командалары 2-май, шийшемби күни өз-ара ойнады.

Ушырасыўдың 18-минутында Мартин Эдегор майдан ийелерин алдынға алып шыққан болса, 31-минутта норвегиялы футболшы дублин рәсмийлестирди. Арадан көп өтпестен Габриел Жезус есапты ири көриниске алып келди.

Буған мийманлар 65-минутта Нони Мадуекениң голы менен жуўап қайтарды. Қалған ўақытта есап өзгериссиз қалды.

“Арсенал” – “Челси” 3:1

Голлар: 1:0 – 18 Эдегор, 2:0 – 31 Эдегор, 3:0 – 34 Габриел Жезус, 3:1 – 65 Мадуеке.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги