Қурылыс тараўы республикамыз экономикасының жедел раўажланып атырған әҳмийетли бир бөлеги есапланады. Республикамызда 2023-жылдың январь-март айлары даўамында, жәми 984,8 миллиард сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылып, өсим пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 96,4 процентти қураған.

– Қурылыс жумыслары көлеминде ири қурылыс кәрханалары тәрепинен исленген қурылыс жумыслары 50,1 миллиард сумды қурап, өсим пәти  57,8 процентке ерисилген, ал жәми қурылыс жумыслары көлеминдеги үлеси
5,1 процентти қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлими бас қәнигеси Айзада Караматдинова.

Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен исленген қурылыс жумысларының үлеси 74,2 процентти қурап, олардың есабына туўра келген қурылыс жумысларының көлеми 730,5 миллиард сум муғдарында болды. Өсим пәти 102,6 процентке ерисилди.

Рәсмий болмаған секторлардың есабына туўра келген қурылыс жумыслары, жәми қурылыс жумысларының 20,7 процентин қурап, 204,2 миллиард сум муғдарында есапланды. Өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсим пәти 91,5 процентти қурады.

Қурылыс жумысларының ең жоқары көлем көрсеткишлери Нөкис қаласы (29,8%), Төрткүл (12,5%), Беруний (6,8%) районларына туўра келди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги