Мәмлекетимизде инвестиция сиясатын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыў бойынша оған заманагөй, нәтийжели қатнаста болыў ҳәм механизмлерди енгизиў, сондай-ақ инвестиция процесин жеделлестириў ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.
Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жедел рауажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда республикамыздағы инвестициялық орталықтың жақсыланғаны, керекли шараятлардың жаратылғаны себепли 2023-жылдың январь-март айларының жуўмағы менен Республиканың тийкарғы капиталын көбейтиўге 2076,7 млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 890,4 млрд. сумды ямаса 78,5 млн. АҚШ долларын қураған.
– Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 720,9 миллиард сумы қайта ислеў санаатына, 236,4 миллиард сумы аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына жумсалған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы Саламат Мухаматдинов.
Сондай-ақ, 216,6 миллиард сумы тасыў ҳәм сақлаў, 147,3 миллиард сумы қурылыс хызмет түрине, 138,8 миллиард сумы таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге, 51,4 миллиард сумы көтере ҳәм усақлап сатыўға, 59,5 миллиард сумы билимлендириў хызмет түрлерине бағдарланды.
Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеминиң 1568,9 миллиард сумы яғный 75,5 проценти өндирис тармағына, 507,8 миллиард сумы, яки 24,5 проценти өндирислик емес тараўға бағдарланды.
Өндирислик емес тараўға киргизилген инвестициялар көлеминен 199,6 миллиард сумы яғный, 39,3 проценти турақ жай қурылысына өзлестирилген. 2023-жылдың январь-март айларында улыўма майданы 170,3 мың кв.м. болған 979 турақ жай питкерилип тапсырылып, соннан 118,7 мың кв.м. болған 660 турақ жай аўыллық жерлерге туўра келеди.
Улыўма билим бериў мектеплерин ҳәм мектепке шекемги билимлендириў объектлерин қурыў, жаңадан реконструкциялаў жумысларына 59,5 миллиард сум әтирапында инвестициялар өзлестирилди.
Мәмлекетимизде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, өндирислик орынларын техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў бағдарындағы жедел инвестициялық сиясатты алып барыў илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги