Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бийлиги халықтың, әсиресе, жаслардың арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги республикалық Мәлимлеме-ресурс орайының директоры Зулфия Сейтниязова менен усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша өзимизди қызықтырған бир қатар сораўлар дөгерегинде сәўбетлестик.
ҚЫТАЙ ҚАЛАЙЫНША ҚҮДРЕТЛИ ЕЛГЕ АЙЛАНДЫ?
– Инсан өмиринде китаптың тутатуғын орны ҳәм әҳмийети ҳаққында не айтасыз?
-Әсирлер даўамында китапханалардың баслы мақсети билимли жәмийет қурыўдан ибарат болып келген болса, китап билимниң бас қуралы болып қала береди. Себеби, инсан өмиринде китап айрықша орынды ийелейди, Илимпазлардың айтыўына қарағанда, адам китапты қанша көп оқыса, сонша зейни тереңлеседи. Буннан тысқары, китап оқыў процеси мийдиң ҳәрекетин хошаметлеўде әҳмийетли социаллық ўазыйпаға ийе. Инсан китапты көп оқыўы арқалы өзиниң пикирин басқаларға толық және түсиникли етип жеткериў қәбилетине ийе болады. Социологлардың пикиринше, китапты көп оқыған адам, телевизорды көп көрген адамды басқара алады. Буның себеби, телевизор инсанның интеллектуаллық жақтан раўажланыўына тийкар бола алмайды. Соның ушын илимпазлар, телевизорды еки саааттан көп көрмеўди, китапты болса, ҳәр күни кеминде еки саат оқып турыўды мәсләҳәт етеди.
Билимли балаларды тәрбиялаўдың бирден-бир жолы бул олардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў болып табылады. Оны терең меңгерген адам келешекте көп нәрсеге ериседи. Бүгинги күни Қытай экономикасы тез пәт пенен раўажланып баратырған еллерден есапланады. Қытайда ислеп шығарылып атырған өнимлер көп, бирақ олардың бәрин өзлери ойлап тапқан, де айта алмаймыз. АҚШқа барған Қытай делегациясының ағзалары жәҳәнге белгили Apple, Microsoft, Google компанияларының ойлап табыўшылары менен сөйлескенинде, олар жас пайытларында илимий фантастиканы көп оқығанлығын, сол арқалы бул компанияларға тийкар салынғанлығын айтқан. Бул да китап оқыўдың қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди.
БАЛАЛАРДЫ КИТАПҚУМАРЛЫҚҚА ҚАЛАЙ ҚЫЗЫҚТЫРАМЫЗ?
-Қәниге сыпатында, балаларды китап оқыўға қызықтырыў ушын нелерге итибар бериў керек, деп ойлайсыз?
-Илимпазлардың айтыўынша, ҳәр бир бала телевизордан, компьютер яки телефоннан күниге орташа минимум 2 саат, дем алыс күнлери болса, 8 сааттан 10 саатқа шекем пайдаланады екен. Олардан ҳәптесине пайдаланатуғын 36 саат көп пе ямаса 5 саат әдебият сабағы ма? Олардың телевизор алдында қанша ўақыт отырыўы ата-аналарға байланыслы. Китап оқыўды миннет сыпатында емес, бәлким ықтыярлы рәўиште әмелге асырыўшы балалар дәслеп мектепте, соң үлкен өмирде айтарлықтай нәтийжелерге ериседи екен. Бирақ, қалай етип балаларды китап оқыўға қызықтыра аламыз?,-деген орынлы сораў туўылады. Бир ўақытлары Альберт Эйнштейннен «Балаларымыздың ақыллы болыўы ушын не қылсақ болады?».-деп сорағанында, «Егер де балаларыңыздың ақыллы болыўын қәлесеңиз, оларға ертек китапларды оқып бериң, Егер оннан да ақыллы болыўын қәлесеңиз, буннан да көбирек ертек оқып бериң» деп әпиўайы және ақыллы жуўап берген екен.
Балаға «Оқы!, Оқы!, Оқы!»,-деген менен ол китап оқымайды. Биз оның жүрегине қандайда бир жол табыўымыз ҳәм қызықтырыўымыз керек. Бул айрықша жуўапкершиликти талап етеди. Балаларды китап оқыўға қызықтырыў-бул скрипка шертиў ямаса баскетбол ойнаўды үйретиў сыяқлы әдеттегидей машақатлы шынығыў болып табылады. Солай екен, китап оқыўға мәжбүрлеў балаға кери тәсир етеди.
Ҳәр қандай дәўирде де китапханалар – бул келешек ушын үлкен дәрўаза болып есапланған. Солай екен, биз бул жолда изленислер алып барып, жаңадан-жаңа идеяларды ойлап табыўымыз тийис.
ҚАҒАЗЛЫ КИТАП ЭЛЕКТРОН КИТАПТАН АБЗАЛ МА?
-Бүгинги техника ҳәм технология жедел раўажланған дәўири тараўға қандай тәсир көрсетпекте?
–Инсан санасының өскени сыяқлы, китап ҳәм оны тасыўшы технологиялар менен биргеликте китапханалардың да раўажланыў барысы өзгерип бармақта. Мәселен, китап оқыўшыларға хызмет көрсетиў, мағлыўматларды излеў, библиография ҳәм китап қорын қәлиплестириў сыяқлы хызметлер бүгинги күни электрон технологиялар жәрдеминде әмелге асырылады. Жәҳән тәжирийбесинен келип шығып айтатуғын болсақ, Джо и Рикки Мансуэто атындағы Чикаго университетиниң китапханасы буған айқын мысал бола алады. Бул жерде китап излеў ҳәм оны буйыртпашыға жеткерип бериў системасы толық автоматластырылған. Хельмунт Ян исимли инженер тәрепинен ойлап табылған әжайып жойбар тийкарында қурылған 3,5 миллион китап сақланатуғын бул китапхана ҳақыйқый фантастика есапланады. Ҳәр бир китапқа баспа туўралы мағлыўмат бериўши штрих коды орнатылған. Пайдаланыўшылар үйинде отырып-ақ компьютер арқалы керекли китабына буйыртпа бере алады, «Электрон китапханашы» бул мағлыўматты китап сақлаў бөлимине жеткереди. Робот машина болса, соралған китапты бир нешше секундта оцировкалап, китапқумар компьютериниң мониторына жеткерип береди.
Усы жерде атап өтиў керек, китаплар әсирлер даўамында папирус, пергамент, қағазлы сыяқлы үш басқышты басып өткен. Бизиң дәўиримизде китаплар төртинши, яғный электрон басқышта. Бул бизди балаларды китап оқыўға тәрбиялаўдан азат еткени емес, бәлким тәрбияшы ролин буннан да әҳмийетли және илҳамландырыўшы форма сыпатында көрсетеди. Балаларымыздың билимли болып ержетиўи ҳәм өсип-раўажланыўында ушырасатуғын бослықларды толтырып барыўымыз зәрүр. Себеби, жасларымыз оғада қызығатуғын интернет, компьютер ҳәм мобил телефонларда китаптағыдай сөздиң сыйқыры, сөздиң қудирети, сөздиң заўқы жоқ екенлиги мәлим. Сонлықтан баланың санасына китаптың пайдасын көбирек сиңдирип барыўымыз тийис.
12 МЫҢҒА ШАМАЛАС АҒЗАҒА ИЙЕ КИТАПХАНА
-Китапхана тәрепинен әмелге асырып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтсениз?
-Соңғы жыллары заманагөй мәлимлеме коммуникация технологиялары тийкарында мәлимлеме-китапхана ресурсларын қәлиплестириў, халыққа көрсетилип атырған хызметтиң сапасын жақсылаўға айрықша әҳмийет берилмекте. Атап айтқанда, Мәлимлеме-ресурс орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй компьютер ҳәм басқа да техникалар менен тәмийинлеў, ўақытлы басылымларға жазылыўды шөлкемлестириў, китап қорын жаңа әдебиятлар менен толықтырып барыўда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Тараўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында республикалық, сондай-ақ Беруний районында Мәлимлеме-ресурс орайларының жаңа имаратлары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды. Бул имаратларда компьютер, сервер, китап сақлаў бөлмелери, мәжилис және оқыў заллары болып, китапқумарлар ушын барлық шараят жаратылған. Өткен жылдың май, июнь айларында қалалық ҳәм районлық Мәлимлеме-ресурс орайларының 40 хызметкери Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий китапханасында қәнигелигин арттырып қайтты.
Орайымызда «Китапқумар мектеп», «Ең жақсы китапқумар», «Мәлимлеме-ресурс орайының ең жақсы қәнигеси», «Мен, ата-анам, атам ҳәм кемпир апам-китапқумар шаңарақ», «Зийрек китапқумар» ҳәм басқа да темаларда таңлаўлардың өткерилиўи унамлы нәтийжесин бермекте. Усындай илажлардың нәтийжесинде китап оқыўшыларымыздың саны бүгинги күни 12 мыңға шамаласты. Мәлимлеме ҳәм заманагөй билимлендириў технологияларын раўажландырыў, пайдаланыўшыларды китапхана жаңалықлары менен жақыннан таныстырып барыў, оларға мағлыўматлар базасы арқалы хызмет көрсетиў мақсетинде республикалыық Мәлимлеме-ресурс орайы Балалар китапханасының мәлимлеме мәканы www.qqkitap.uz сайты жаратылды. Электрон ресурслар қорын, атап айтқанда, руўхый жақтан бай және бәркамал раўажланған шахсттың дөретиўшилик келешеги ушын руўхый-әдеп-икрамлылық, мәдений-тарийхый ҳәм илимий әҳмийетке шығармалардың электрон көширмелерин жаратыў, олардан оқыўшылар, оқытыўшылар ҳәм халықтың «ZiyoNet» тармағы арқалы бирден-бир мәлимлеме-китапхана ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўлары ушын имканиятлар жаратылып берилмекте. Қалалық ҳәм районлық Мәлимлеме-ресурс орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде Нөкис, Шымбай, Қанлықөл ҳәм Қоңырат районларына Өзбекистан Миллий китапханасы тәрепинен жәми 48,7 миллион сумлық мебель және заманагөй компьютер техникалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.