Хожели районында 2023-жылдың өними ушын егилген 3 мың 428 гектар, соннан, 3 мың 200 гектар майданға тийкарғы дәнли егин ретинде ҳәм 228 гектар майданға азықлық ушын егилген гүзги масақлы дән егинлери майданларының
3
мың 428 гектары масақланыў дәўиринде.

– Бәҳәрги азықландырыў илажларын системалы әмелге асырыў мақсетинде,
16 минерал төгин себиўши ҳәм 32 төгин тасыўшы техникалар қатнаспақта,-дейди Аўыл хожалығы бөлиминиң баслығы М.Худайбергенов.

Бүгинги күнде азотлы минерал төгинлер менен 704 гектарлық (22 %) майданда гектарына 200 килограмм есабынан үшинши азықландырыў жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, бәҳәрги биринши суўғарыў жумыслары толық әмелге асырылып, 392 гектар майданда бәҳәрги екинши суўғарыў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, атызлар карбомидли төгинлер, биостимуляторлар менен толық еки рет суспензия усылында азықландырылып, 266 гектар (8,3%) майданларда үшинши суспензия себиў жумыслары алып барылмақта.

Буннан тысқары, суспензия себиў жумыслары менен бирге, жабайы шөплерге қарсы 224 гектар майданда гербицидлер менен қайта ислеў жумыслары алып барылды.

Быйыл апрель айының өзинде 760 тоннадан аcлам жергиликли төгинлер жәмленип, бул жумыслар даўам етпекте. Соның менен бирге, ғәлле майданларын шербет усылында суўғарыў мақсетинде атыз басларына 588 қәндеклер толық қазылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги