Қарақалпақстан Республикасы  статистика басқармасының мағлыўматларына бола, 2023- жылдың январь – март айларында Қарақалпақстан Республикасында барлық түрдеги хожалықлар тәрепинен тири салмақта 16,4 мың тонна гөш жетистирилди. Бул көрсеткиш 2022- жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3,0 % ке артқан. Гөш ислеп шығарыў көрсеткишлери хожалық түрлери бойынша анализ етилгенде, гөш ислеп шығарыў улыўма көлеминиң 94,9 % и  дийқан (жеке жәрдемши) хожалықларынның үлесине туўра  келген .

 

Муслатдинова Фарида,

ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги