Қарақалпақстан Республикасында 2023-жылдың өними ушын егилген 63 мың 729 гектар, соннан, 59 мың гектар майданға тийкарғы дәнли егин ретинде ҳәм 4729 гектар майданға азық ушын егилген гүзги масақлы дән егинлери майданларының 60 мың 77 гектары ҳәзирги ўақытта найшаланыў ҳәм 3652 гектары масақланыў дәўиринде.
– Бәҳәрги азықландырыў илажларын системалы әмелге асырыў мақсетинде, 211 минерал төгин себиўши ҳәм 490 төгин тасыўшы техникалары қатнаспақта,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң ғәллешилик, собықлы дән ҳәм майлы егинлер бөлиминиң баслығы К.Нурниязов.
Бүгинги күнде азотлы минерал төгинлер менен 61 мың 813 гектарлық (97%) майданда гектарына 200 килограмм есабынан үшинши азықландырыў жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, бәҳәрги биринши суўғарыў жумыслары толық әмелге асырылып, 26 мың 110 гектар майданда бәҳәрги екинши суўғарыў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, атызлар карбомидли төгинлер, биостимуляторлар менен толық еки рет суспензия усылында азықландырылып, 52 мың 917 гектар (83%) майданларда үшинши суспензия себиў жумыслары алып барылмақта.
Буннан тысқары, суспензия себиў жумыслары менен бирге, жабайы шөплерге қарсы 8967 гектар майданда гербицидлер менен қайта ислеў жумыслары алып барылды.
Быйыл апрель айының өзинде 96 мың 600 тоннадан аcлам жергиликли төгинлер жәмленип, бул жумыслар даўам етпекте. Соның менен бирге, ғәлле майданларын шербет усылында суўғарыў мақсетинде атыз басларына 12 мың қәндеклер толық қазылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги