АҚШ Россияға жәрдем берип атырғаны ҳәм Батыстың енгизген саўда ҳәм қаржы шеклеўлеринен шетке шығып атырғаны ушын Қазақстан ҳәм оның компаниялары менен банклерин екилемши санкцияға түсип қалыў қәўпиниң атып баратырғанынан ескертеди, деп баянат берди шийшемби күни АҚШ қаржы министриниң жәрдемшиси Элизабет Розенберг Астанада болып өткен дөгерек сәўбетинде.
Бул ҳаққында Риа Новости жазбақта.
«Қазақстан Республикасына да, Қазақстан компаниялары менен банклери ушын да қәўип артпақта. Биз қазақстанлы кәсиплеслер, ҳүкимет ўәкиллери, жеке меншик сектор ўәкиллери менен шерикпиз ҳәм Россия Федерациясына санкциядан қашыў ҳәм экспорт қадағалаўы илажларынан шетлетиўге көрсетип атырған жәрдеми жаман ақыбетлерге алып келиўинен ескертемиз»,-деген Розенберг.
ӨзА