«Ховар» мәлимлеме агентлигиниң Тәжикстан президенти жанындағы қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң берген мағлыўматына сүйенип хабар бериўинше, климат бойынша V Орайлық Азия конференциясы май айында Душанбе қаласында болып өтеди.
Конференцияда климат өзгериўине байланыслы машқалалар ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў, суў, энергетика, азық-аўқат ҳәм қоршаған орталық пенен байланыслы пайда болған жаңа ўақыяға бейимлесиў мәселелери додаланады.
Бул мәселелерге интеграцияластырылған шешимлер табыў экология ҳәм климат турақлылығы, сондай-ақ, экономикалық ҳәм демографиялық раўажланыў көзқарасынан Орайлық Азия регионының келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе болыўы мүмкин, делинеди хабарда.
Музлықлардың ериўи, қурғақшылық, тәбийғый апатшылықлар климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм суў резервлерин турақлы басқарыў ушын жедел илажларды көриўди талап етпекте.
Регионда климат турақлылығына ерисиў ушын тек ғана машқалаларға биргеликте шешим табыўда әҳмийетли трансшегаралық мәплерди инабатқа алыў зәрүр болатуғынын атап өтиў орынлы. Регионның ҳәр бир мәмлекети Орайлық Азиядағы экологиялық машқалаларды биргеликте шешиў ушын ҳәрекетлерди әмелге асырыўға таяр, деп атап өтиледи агентлик тарқатқан хабарда.
ӨзА