Қанлыкөл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы мектепте улыўма орта билим бериў мектеплери арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын «Шет тилин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға райондағы 22 мектептен 108 оқыўшы қатнасып, тест сынағы тийкарында беллесиў алып барылды.
Таңлаў жуўмағында 2-санлы мектеп биринши, 1-санлы мектеп екинши, 19-санлы мектеп үшинши орынларды ийелеп, ақшалай сыйлық ҳәм район ҳәкимлигиниң дипломлары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ ең жоқары балл топлаған 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизип, 100 млн сум ақша менен сыйлықланды.
Ал, екинши ҳәм үшинши орын ийелерине болса, 75 млн ҳәм 50 млн сум муғдарындағы ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
Солай етип таңлаў жуўмағында Қанлыкөл районындағы қайсы мектеплерде оқыўшыларға шет тили жақсы өтилетуғынлығы анықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.