«Казинформ» агентлигиниң хабар бериўинше, усы жылдың июль айынан баслап Қазақстанда төрт күнлик жумыс ҳәптесине өтиледи.

1-июльден күшке киретуғын Мийнет кодексине «Қазақстан Республикасы социаллық тәмийнат мәселелери бойынша бир қанша нызамшылық актлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға бола күшке киреди.

Атап өтилиўинше, бул өзгерислер төрт күнлик жумыс ҳәптеси концепциясын енгизиўди нәзерде тутады ҳәм ол тәреплердиң келисимине муўапық орнатылыўы мүмкин.

Хабарда айтылыўынша, мәмлекетте бес ҳәм алты күнлик жумыс ҳәптелери сақланып қалады. Улыўмалық дем алыс күни екшембиге туўра келеди, қалған дем алыс күнлери жәмийетлик шәртнамада ҳәм мийнет қағыйдаларына бола белгиленеди.

ӨзА