Президент Шавкат Мирзиёев атыз шетлеринде өним жетистириўди көбейтиўдиң тийкарғы ўазыйпаларын белгилеп берди.

Бул ҳаққында усы жылы 23-март күни аўыл хожалығы мәселелери бойынша болып өткен мәжилисте тапсырма берилген еди. Буннан кейин Кадастр агентлиги тәрепинен өткерилген хатлаўда 60 мың гектарға шамалас атыз шетлеринен толық пайдаланылмай атырғаны анықланды. Есап-санақларға қарағанда, бул майданлардан үнемли пайдаланыў арқалы 337 мың тонна қосымша өним алыў имканияты бар.

Презентацияда атап өтилгениндей, бул жумысларды Аўыл хожалығында хызметлер көрсетиў агентлиги шөлкемлестиреди. Буның ушын агрономлар мәўсимлик жумысқа қабыл етиледи. Овощ, палыз ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институты ҳәм Академик М.Мирзаев атындағы бақшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты Агентликке бириктириледи.

Атыз шетлеринде дийқаншылық етиў ушын туқым, нәл, төгин ҳәм суў тәмийнаты мақсетлерине 100 миллиард сум қаратылады.

Жетистирилген өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў де әҳмийетли. Сол себепли кептириў ҳәм суўытқыш үскенелерин сатып алыўға 50 миллиард сум ажыратылады.

Атыз шетиндеги дренаж тармақлары ҳәм суў бойларында 600 мың бас қус бағыў ҳәм дерлик 300 мың пал ҳәрре уясын жайластырыў имканиятының бар екени көрсетип өтилди.

Ҳәзирги ўақытта фермер хожалықлары тәрепинен жер майданлары екилемши ижараға тек ғана 1 жылға шекем бериледи. Жүзим, тут, дарақ сыяқлы тереклер көп жылда жетисиўин есапқа алып, бул мүддет 10 жылға шекем етип белгиленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажларды мақуллап, оның орынланыўын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА