Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-апрель күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен өткерген телефон арқалы сөйлесиўде «Togg» бренди астында ислеп шығарылған биринши түрк электромобили ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы туўысқан Түркия Президенти ҳәм халқын үлкен технологиялық жеңис-мәмлекетте заманагөй электромобильлерди санаат усылында ислеп шығарыў басланғаны менен қутлықлады.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларының ҳәзирги дәрежесине жоқары баҳа берилди.

Өзбекстан ҳәм Түркия жетекши компанияларының жоқары технологиялық тармақлардағы санаат кооперациясы көлемин және де кеңейтиў ушын бар имканиятлар атап өтилди.

Усы жылы өткерилиўи режелестирилген еки тәреплеме Жоқары дәрежедеги Стратегиялық шериклик кеңесиниң мәжилисине пуқта таярлық көриўге айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Телефон арқалы сөйлесиў жуўмағында Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў бойынша болажақ референдумды толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди ҳәм оның табыслы өтиўин тиледи.

ӨзА