Мәмлекет басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевтың бийлиги менен Күнсулыў Дальтонқызы Закария Президент жанындағы Қазақстан Республикасының Миллий илимлер академиясының президенти лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында infom.kz сайты хабар берди.

Күнсулыў Дальтонқызы биология илимлериниң докторы, әл-Фарабий атындағы илим ҳәм техника тараўындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Тәбийғый илимлер академиясының ағзасы, Россия Тәбийғый илимлер академиясының хабаршы-ағзасы, СOVID-19 коронавирус инфекциясына қарсы QazCovid-in (QazVac) қазақстан вакцинасын таярлаўға қатнасқан.

«Биоқәўипсизлик ҳәм биотехнология» илимий журналының бас редакторы, 200 ден аслам илимий изертлеўдиң, 8 илимий-методикалық қолланбаның, 5 монографияның, 29 ойлап табыўға берилетуғын патенттиң, оның ишинде 2 халықаралық патенттиң, профилактикалық ҳәм диагностикалық препаратлар өндириси бойынша 7 нормативлик-техникалық ҳүжжеттиң авторы.

2022-жылдың 22-августында «QazBioPharm» Миллий холдинги» АЖ бас директорының лаўазымына тайынланды. Оған шекем Қазақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Биологиялық қәўипсизлик проблемасын илимий-изертлеў институты» РМК бас директоры лаўазымында иследи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги