Усы жыл 11-апрель күни Нөкис районлық  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңестиң суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң депутаты  О.Бекбергенов  район  аймағындағы көше бийлери менен ушырасты.


Онда шығып сөйлеўшилер,  мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың мазмун-мәниси,  әсиресе, жәмийетте «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың абаданлығын арттырыў,  экономика тармақларын трансформациялаў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырылған жумысларды  атап өтти.

Сондай-ақ,  θзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийетине кең түрде тоқтап, пикир-усыныслар билдирилди. Ушырасыўда  Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға бәршени белсене қатнасыўға шақырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы