Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби районның ең шетки «Шерназар бақсы» аўылында жайласқан болып,  бул мектепте де усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Нызам жойбарын кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде, «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасыў өткерилди.

Оны аймақтың ҳаял-қызлар белсендиси Г.Есмағанбетова ашты ҳәм басқарып барды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова, Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы Басқарма прокуроры Ж.Аширбаевлар шығып сөйлеп, соңғы жыллары мәмлекетимизде халық хожалығының барлық тараўларында тез пәт пенен раўажланыў ҳәм жаңаланыўлар жүз берип атырғанлығын, бул алға илгерилеўлер артында нызамшылық, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша жаңа нызамлардың турғанлығын айтып өтти.

Соның менен бирге, баянатшылар жәмийеттеги усындай ири өзгерислерге байланыслы, Конституцияға жаңа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ўақты келгенлигине кең түрде тоқтап, ушырасыў қатнасыўшыларының өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы