Пайтахтымыздағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Ўатан тәрийипи» атамасындағы әдебий-ағартыўшылық кеше болып өтти.

Мәмлекетимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты турақлы түрде әмелге асырыў, өсип киятырған жас әўладқа дурыс жол көрсетиў, жасларымыздыӊ билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын имкәниятлар жаратыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылмақта. «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп аталған быйылғы жылда усындай ийгиликли ислерди заманға сай шөлкемлестириў бойынша нәтийжели ислер әмелге асырылмақта.

Бүгинги глобалласыў дәўиринде жасларды түрли жат ҳәм зыянлы, өткинши идеялардан қорғаў, олардыӊ қәлбинде ўатансүйиўшилик, ел-журтқа садықлық, журт келешеги ушын жуўапкершилик туйғыларын күшейтиў мақсетинде өткерилген илаж көтериӊкилик руўхында болып өтти.

Илаж даўамында мәмлекетимиздеги қәўип-қәтерсиз өмир, туўысқанлық, бирлик, меҳир-мүриўбетлик, абаданлық сыяқлы уллы қәдириятларды шайырларымыз өзлери дөреткен қосықлары арқалы тәрийиплеп берген болса, көркем өнер шеберлериниӊ қатнасыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға йош, кейпият бағышлады.

Елимиздеги бирлик, тынышлық ҳәм татыўлықты көз қарашығындай сақлаў тек ғана әскерий тараў ўәкиллериниӊ ғана емес, бәрше ўатанласларымыздыӊ, әсиресе, жаслардыӊ муқаддес ўазыйпасы екенлиги рәӊбәреӊ музыкалы шығыўлар арқалы сүўретленди.




















Көтериӊкилик руўхында өткен илажда ѳзбекстанлы кѳркем ѳнер шеберлери менен бирге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген артист М.Өтемуратов, Арқа-Батыс әскерий округи оркестри жәмәәти, Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатыныӊ оқыўшысы Б.Қалбаев, «Жас дѳретиўшилер» клубы ағзалары ҳәм Темурбеклер мектеби оқыўшылары қатнасты.

 

Э.САЙТЖАНОВА,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги