Ҳәзирги күнде қаржылық тутыныў кредитлери ушын талап артып бармақта, бирақ Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын товарлар (хызметлер)ға қаржы тутыныў кредитиниң ажыратылыўы әмелдеги Нызам менен шекленген еди. Яғный тутыныў кредити Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылған тутыныў товарларын (хызметлерди) алыў ушын берилетуғын еди.

2006-жылы нызам менен қабыл етилген ўақытта бул норма мәмлекет базарында товар ҳәм хызметлер жетиспеўшилиги себепли зәрүр болғанын атап өтиў орынлы.

Енди Нызам менен «Тутыныў кредити ҳаққында»ғы Нызамның 15-статьясына Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын товарлар ҳәм хызметлер ушын да тутыныў кредитиниң ажыратылыўын нәзерде тутыўшы өзгерис киргизилмекте.

«Қаржы тутыныў кредитин бериў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен «Тутыныў кредити ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 15-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Бул Нызамның қабыл етилиўи Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қәрежетлерди талап етпейди. Керисинше:

– қаржы тутыныў кредитин бериў тәртибин жетилистириў ҳәм әпиўайыластырыўға;

– тутыныўшы-пуқаралар ушын қосымша имканиятлар жаратыўға ҳәм жеке исбилерменликти және де раўажландырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги