Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 29-март күни Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиёсий бюросының ағзасы,  Синьцзян-Уйғыр автономиялы районы Компартиясы Партия комитетиниң хаткери Ма Синжуй басшылығындағы ҚХР делегациясы менен өткерген ушырасыўда Өзбекстан аймақлары менен СУАР арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселеси көрип шығылған еди.

Өзбекстан аймақларында Қытайдың жетекши компанияларының қатнасында қайта тиклениўши энергетика, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, санаат парклери ҳәм аўыл хожалығы кластерлерин шөлкемлестириў тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселеси дыққат орайында болды. Усы ушырасыўда келисип алынған бирге ислесиў мәселелерин ҳәм Президентимиздиң Аралдың қурыған түбинде инновациялық усылларды қолланған ҳалда жасыл тоғайзарлық ҳәм жасыл қапламалы жайлаўлар пайда етиў бойынша қойған ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының мирәт етиўи менен Қытай Илимлер академиясы жанындағы Синьцзян экология ҳәм география институтының бир топар илимпазлары  республикамызға келди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайында делегация ағзалары менен ѳткерилген ушырасыўда тәреплер арасындағы бирге ислесиўлерди беккемлеў мәселелери кеңнен додаланды. Орай директоры Б.Хабибуллаев  мийманларға орай тәрепинен алып барылып атырған инновациялық жумыслар, әмелге асырылып атырған илимий-әмелий инновациялық жойбарлар, Аралбойы аймағындағы экологиялық машқалалар ҳәм олардың шешимлери менен таныстырды.



Ѳз гезегинде, мийманлар Қытайдың жетик инновациялық технологияларын қоршаған орталықты басқарыўға интеграциялаў, санаат конвергенциясы ҳәм технология интеграциясы арқалы Арал теңизиниң экологиялық машқалаларын шешиў бойынша экспериментлер ҳәм кѳргизбелер ѳткизиўге қаратылған жаңа инновациялық жойбары менен ортақласты.


Ушырасыўда улыўма баҳасы 500 мың АҚШ долларын қурайтуғын  “Арал теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” инновациялық жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен Синьцзян экология ҳәм география институты арасында келисимге қол қойыў мәресими болып ѳтти ҳәм жойбарға старт берилди. Жойбарды тийисли халықаралық ҳәм жергиликли шѳлкемлер менен биргеликте 2023-2025-жылларда әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Президентимиздиң аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде 30-март күни Қарақалпақстанға сапары даўамында  Нѳкис технопаркинде болған ўақтында “Жасыл” технологияларға тийкарланған инновациялық жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў керек екенлигин айрықша кѳрсетип ѳткен еди. Усы көзқарастан қарағанда жойбардың әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, бул жойбар келешекте Аралбойы аймағындағы елат пунктлерде күшли шорланған жерлерде “фотоэлектрик+экологиялық” санаатты раўажландырыў тәжирийбесин ен жайдырыўға, киши ѳлшемдеги фотоэлектр станциялары менен энергия сақлаўшы  қурылмалар орнатыў, қуяш панеллери астында галофит ҳәм шѳлге-шорға шыдамлы ѳсимликлерди ѳсириў арқалы жасыл раўажланыўға ҳәм булар арқалы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етеди.

Илаждан соң қытайлы делегация Нѳкис районындағы “KPC NUKUS HERBAL TECHNOLOGY” Ѳзбекстан-Қытай қоспа кәрханасында болды.  Кәрхана боян тамыры ҳәм экстрактын Қытай мәмлекетине экспорт етип келмекте. Мийманларға кәрханада алып барылып атырған жумыслар, тараўға енгизилген жаңа заманагѳй өндирис технологиялары кѳрсетип берилди. Соңынан усы райондағы “Nukus agrofish klaster” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен танысты. Кәрхана тийкарынан балық ҳәм балық ѳнимлерин жетистириў, оны сырт еллерге экспорт етиў менен шуғылланып келмекте. Ҳәзирги күнде бир қатар шет мәмлекетлердиң реестрлеринен орын алған. Кәрхана соңғы заманагѳй техника ҳәм технологиялар менен үскенеленген болып, жылына 300 тонна балық жетистиреди.

Делегация ағзалары сондай-ақ академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик, виношылық илимий-изертлеў институтының Кегейли районындағы станциясы интенсив бағын барып кѳрди. Бул станцияда республикамыздың кескин ѳзгериўшең климаты, күшли топырақ шорланыўы ҳәм қолайсыз тәбийғый шараятына бейимлескен мийўе нәллерин жетистириў бойынша жаңа заманагѳй технологиялар тийкарында кең кѳлемли илимий ҳәм әмелий жумыслар жолға қойылған.


Интенсив бағ Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң аймақлық жойбары шеңберинде заманагѳй инновациялық усылда жаратылған болып, тәжирийбе-сынаў мақсетинде 0,7 гектар майданда нәлхана ҳәм 2 гектар майданда аналық мийўе бағлары шѳлкемлестирилген, Бағ заманагѳй суўғарыў ҳәм тѳгин бериў системасы менен тәмийинленген. Ҳәзирги күнде бағда алманың 14 сорты ҳәм алмурттың 2 сорты өсирип тәрбияланбақта.

Болып ѳткен ушырасыўлардан соң мийманлар ѳзлериниң алған тәсирлери, сондай-ақ, тараўларға инновациялық усыллар менен кѳнликпелерди кеңирек енгизиў бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы