Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

nishon.jpg

Жәмийетимизде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының орнын ҳәм ролин күшейтиў, орынларда руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, миллетлераралық дослықты ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, кең көлемли профилактикалық илажлар менен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, мәкан пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған белсенди, инталы пуқаралар ҳәм жәмийетлик системалардың ўәкиллерин сыйлықлаў мақсетинде және Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4994-санлы Пәрманына тийкарланып:

  1. «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер:

«Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси ҳаққындағы Реже 1-қосымшаға муўапық;

«Маҳалла ифтихори» көкирек белгисиниң ҳәм оның гүўалығының сыпатламалары 2, 3-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети «Маҳалла ифтихори» көкирек белгилери менен олардың гүўалықларының таярланыўын тәмийинлесин.
  2. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң «Маҳалла ифтихори» көкирек белгилерин ҳәм олардың гүўалықларын таярлаўға байланыслы қәрежетлер Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды қаржылары есабынан қапланатуғыны ҳаққындағы усынысы мақулласын.
  3. Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшаларды киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

      Өзбекистан Республикасы Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 13-июль

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-июльдеги ПҚ-3132-санлы Қарарына 1-қосымша

«Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси ҳаққындағы

РЕЖЕ

  1. «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси (кейинги орынларда – көкирек белгиси) менен жәмийетимизде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының орнын ҳәм ролин күшейтиў, орынларда руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, миллетлераралық дослықты ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жас әўладты ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, кең көлемли профилактикалық илажлар менен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, мәкан пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған белсенди, инталы пуқаралар ҳәм жәмийетлик системалардың ўәкиллери сыйлықланады.

Көкирек белгиси менен Өзбекистан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сыйлықланыўы мүмкин.

  1. Көкирек белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы усыныслар мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен (пуқаралар ўәкиллери мәжилислериниң қарарлары тийкарында) Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша районлық (қалалық) кеңеслерине бериледи.
  2. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша районлық (қалалық) кеңеслердиң көкирек белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы усыныслары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық кеңеслери тәрепинен көрип шығылып, ҳәр жылдың 1-май сәнесине шекем Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеске (кейинги орынларда – Республикалық кеңеси) усыныс етиледи.
  3. Көкирек белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы усынысларды көрип шығыў тәртиби Республикалық кеңес тәрепинен белгиленеди.
  4. Республикалық кеңестиң қарары менен көкирек белгисине усыныс етилген талабанларды көрип шығыў бойынша турақлы комиссия (кейинги орынларда – комиссия) шөлкемлестириледи.
  5. Комиссияның шешими тийкарында Республикалық кеңестиң көкирек белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы қарары қабыл етиледи.

Көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққындағы қарар Республикалық кеңестиң мәлимлеме қуралларында жәрияланады.

  1. Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар ең кем айлық мийнет ҳақының төрт есеси муғдарында бир мәртелик төленетуғын ақшалай сыйлық алады.

Бир мәртелик төленетуғын ақшалай сыйлықлар Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық фонды қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Көкирек белгиси, оның гүўалығы ҳәм ақшалай сыйлығы Ғәрезсизлик күни байрамы қарсаңында Республикалық кеңестиң баслығы (ямаса оның тапсырмасына бола басқа да жуўапкер шахслар) тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылады.
  2. Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслардың мәҳәлле системасының раўажланыўына қосқан мүнәсип үлеси менен ибратлы жумысын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде мәкан пуқаралар жыйынлары және район (қала) орайларындағы «Мәҳәлле орайы» комплекслериниң имаратларына орнатылатуғын «Мәҳәллемиздиң мақтанышлары» мәлимлеме көринисиниң үлги түри Республикалық кеңес тәрепинен ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады.
  3. Көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды есабынан елимиздиң санаторийларында емлениўи ушын бир мәртелик бийпул жоллама алыў ҳуқықына ийе болады.
  4. Көкирек белгиси бир мәрте бериледи.
  5. Көкирек белгиси мәмлекетлик сыйлықлардан кейин көкиректиң шеп тәрепине тағылады.

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-июльдеги ПҚ-3132-санлы Қарарына 2-қосымша

3 (2).jpg«Маҳалла ифтихори» көкирек белгисиниң

СЫПАТЛАМАСЫ

«Маҳалла ифтихори» көкирек белгисиниң диаметри 34 миллиметрли шеңбер түринде болып, мыс араласпасынан таярланады.

Көкирек белгисиниң алдынғы тәрепиниң жоқары бөлегинде Өзбекистан Республикасының картасы, оның астында мәҳәллениң символикалық дәрўазасын сәўлелендиретуғын арка көриниси көтерилип атырған қуяш нурларының фонында сүўретленген.

Көкирек белгисиниң айланасы бойлап алтын жийек пенен оралған көк реңдеги эмаль шеңбердиң ишинде «MAHALLA IFTIXORI»  сөзлери жазылған. Ҳәриплердиң дөңкилиги 2, 3 миллиметр, жазыўлар алтын менен жалатылған. Оның төменги бөлегиниң орайында еки сегиз қырлы жулдыз аралығында мақтаныш ҳәм абырой мәнислерин сәўлелендиретуғын лавр жапырақлары сүўретленген.

Көкирек белгисиниң арқа тәрепиниң орайында бес қатарда ҳәриплердиң дөңкилиги 2 миллиметр болған «MAHALLA», «TIZIMI RIVOJIGA», «QO‘SHGAN», «MUNOSIB HISSASI», «UCHUN» сөзлери жазылған.

Көкирек белгисиниң қалыңлығы 2,2 миллиметр.

Сүўретлер менен жазыўлар дөңки жайласқан.

Көкирек белгисиниң алдынғы ҳәм артқы тәреплериниң шетлери бөртик шеңбер менен оралған. Көкирек белгиси илгеклер ҳәм сызықлар жәрдеминде туўры төртмүйеш түриндеги илдиргишке жалғанған.

Илдиргиштиң ени – 26 миллиметр, бойы – 17 миллиметрден ибарат. Илдиргиштиң ени 22 миллиметрли шайы лента менен қапланған болып, лентаның арасынан ени 8 миллиметрли ақ реңли жол, еки шетинен болса ҳәр бириниң ени 7 миллиметр болған жасыл реңли жол өткен.

Илдиргиштиң артқы тәрепине көкирек белгисин кийимге илдирип қойыў ушын илгек көринисиндеги үскене орнатылған.

 

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-июльдеги ПҚ-3132-санлы Қарарына 3-қосымша

«Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси гүўалығының

СЫПАТЛАМАСЫ

«Маҳалла ифтихори» көкирек белгисиниң гүўалығы 160X110 миллиметр өлшемдеги китапша түринде болып 240 г/квм.м. қалыңлықтағы офсет қағаздан таярланады.

Гүўалықтың сыртқы тәрепи (биринши ҳәм төртинши бетлери) көк реңде болып, плёнка менен қапланған.

Гүўалықтың биринши бетиниң ени 7,5 миллиметрли, ишки мүйешлери айлана түрде болған тоқ көк реңли жийек пенен оралған.

Гүўалықтың жоқары шетинен (биринши бети) 35 миллиметр төменде, орайда аралығы 3,5 миллиметрли еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «Mahalla iftixori», екинши қатарда «ko‘krak nishoni» («Times new Roman Bolt» шрифти, 12-кегль) сөзлери жазылған. Оннан 6 миллиметр төменде «GUVOHNOMASI» (үлкен ҳәриплерде, «Times new Roman Bolt» шрифти, 12-кегль) сөзи жазылған. Жазыўлар алтын реңде сәўлелендирилген.

Гүўалықтың ишки тәрепи (екинши ҳәм үшинши бетлери) «Тангир» көриниси түсирилген ашық ҳаўа реңде болып, офсет усылында басып шығарылған.

Ишки тәрепиниң шеп жағында (екинши бети), орайда көкирек белгисиниң өзине тең өлшемдеги реңли көриниси сәўлелендирилген.

Гүўалықтың ишки оң тәрепи (үшинши бети) жоқары жағынан 8 миллиметр төменде, орайда «GUVOHNOMA» (үлкен ҳәриплерде, «Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзи және гүўалықтың тәртип саны ушын «№» белгиси 15 миллиметрли сызық жайласқан.

«GUVOHNOMA» сөзинен 11 миллиметр төменде сыйлықланған шахстың фамилиясы, исми ҳәм әкесиниң исмин жазыў ушын аралығы 8 миллиметрли үш сызық тартылған.

Төменги сызықтан 6 миллиметр төменде, орайда аралығы 2 миллиметрли үш қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «Fuqarolarning o‘zini o‘zi boshqarish»,  екинши қатарда «organlari faoliyatini muvofiqlashtirish», үшинши қатарда «bo‘yicha respublika kengashining» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.

Оннан  5 миллиметр төменде аралығы 4 миллиметр болған еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «20__ y. «___» ___________dagi», екинши қатарда «____-sonli Qaroriga asosan» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.

Оннан 5 миллиметр төменде, орайда аралығы 5 миллиметрли еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда орайда «Mahalla iftixori» («Times new Roman Bolt» шрифти, 12-кегль), екинши қатарда «ko‘krak nishoni bilan mukofotlandi» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.

Соңғы сөзлерден 9 миллиметр төменде, шеп тәрепте аралығы 2 миллиметрли еки қатардан ибарат текст жайласқан. Биринши қатарда «Respublika», екинши қатарда «kengashi raisi» («Times new Roman Bolt» шрифти, 10-кегль) сөзлери жазылған.