Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў бойынша ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.

Мәмлекетимиздиң энергетика еркинлигин тәмийинлеў мақсетинде барлық дәреклерден пайдаланылмақта. Соның ишинде, онда гидроэнергетика потенциалы үлкен орынға ийе. Және бир әҳмийетли тәрепи, бундай станцияларда күни-түни турақлы энергия алыў мүмкин.

Соңғы жыллары 15 жаңа гидро электр станция иске қосылғаны, 12 си модернизацияланғаны нәтийжесинде қосымша 260 Мегаваттлы қуўатлықлар жаратылды. Ҳәзирги күнде гидроэнергетика қуўатлықлары 2,1 мың Мегаваттқа жетип, жылына 6,5 миллиард киловатт-саат электр ислеп шығарылмақта.

Соның менен бирге, гидроэнергия қуўатлықларын 1 мың Мегаваттқа арттырыў, жеке меншик сектордың қатнасыўында 38 Мегваттлы 58 микро ГЭС қурыў имканияты есап-санақ етилген.

Мәжилисте бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында есабат берилди. Быйыл «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети тәрепинен кеминде 7 миллиард киловатт-саат электр ислеп шығарылатуғыны мәлим етилди.

Жуўапкерлерге Пском, Норин, Тўпаланг дәрьяларында анықланған майданларда 36 орта ҳәм ири гидро электр станцияларды жойбарластырыў бойынша көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, жеке меншик сектордың қатнасыўында 9 Мегаваттлы 26 микро ГЭС қурылады.

«Үлкен Әндижан» каналында 23 Мегаваттлы 3 ҳәм Тўпаланг дәрьясында 16 Мегваттлы бир ГЭС қурыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Быйылғы жылы исбилерменлер, социаллық тараў ҳәм халық шаңарақларында 1,7 мың Мегаватт қуяш панеллериниң орнатылыўы режелестирилген. Ўәлаятларда бул бойынша жедел жумыс басланған.

Атап айтқанда, қысқа ўақытта социаллық тараўда 62 Мегаватт, исбилерменлер тәрепинен 23 Мегаватт, халық шаңарақларында 20 Мегаватт қуяш панеллериниң орнатылғаны атап өтилди.

Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў, «жасыл энергия»ны раўажландырыў бойынша исбилерменлердиң пикир-усынысларын қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА