Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Ўатанды қорғаў ҳәм ел-халқымыздың тынышлығы жолында қайтыс болған әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзаларын сондай-ақ, олардың қарамағындағы шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға ғамхорлық етиў ҳәм ҳүрмет-иззет көрсетиў, сондай-ақ, жәмийетте жақсылық, татыўлық ҳәм адамгершилик орталығын және де беккемлеў мақсетинде:

  1. Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бажыхана комитети ҳәм Электрон технологияларды раўажландырыў орайының (кейинги орынларда – жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар) Ўатанды қорғаў ҳәм ел-халқымыздың тынышлығы жолында жараланғанлығы, контузия ямаса майып болғанлығы ақыбетинде қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ҳәм олардың қарамағындағы шахсларға (кейинги орынларда – қайтыс болған әскерий хызметкерлер) төмендеги жеңиллик ҳәм кеплликлер берилсин:

а) 2023-жыл 1-апрельден баслап:

қайтыс болған әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзаларына бир мәрте берилетуғын напақа марҳумның соңғы ийелеген лаўазымы бойынша мийнет ҳақысы ҳәм әскерий (арнаўлы) дәрежеси мийнет ҳақысы жыйындысының 150 есеси муғдарында белгиленсин;

қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң мәмлекетлик мәжбүрий жеке қамсызландырыўы шеңберинде әскерий хызметкер қайтыс болғанда төленетуғын қамсызландырыў суммасы базалық есаплаў муғдарының  200 есеси муғдарында белгиленсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине олар тәрепинен белгиленген муғдарларда (мийнетке ҳақы төлеў муғдарының 50 процентине шекемги суммадан аспаған ҳалда) жергиликти бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң тийисли аймақта жасап атырған шаңарақ ағзаларына ҳәр айда төленетуғын напақа тайынлаў тәртибин белгилеў ҳуқықы берилсин;

б) 2023-жыл 1-майдан баслап:

шаңарақтың мийнетке уқыпсыз ҳәр бир шаңарақ ағзасына бағыўшысын жойытқанлық пенсиясы пенсияны есаплап шығыў ушын алынатуғын пул тәмийнатының (мийнет ҳақысының) 50 проценти муғдарында белгиленсин;

шаңарақ ағзалары (ата-анасы, өмирлик жолдасы, 23 жасқа толмаған перзентлери) дәраматлар қайсы айда алынған болса, сол айда ҳәр бир ай ушын мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 3 есеси муғдарындағы дәраматлар бойынша физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығынан азат етилсин;

белгиленген тәртипте турақ жайға мүтәж деп тән алынған жағдайда, турақ жай менен биринши гезектеги тәртипте тәмийинлесин;

нызамшылықта белгиленген әскерий хызметкерлерге турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын узақ мүддетли жеңиллетилген ипотека кредитлерин бериў тәртибине муўапық узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлерин алыў ҳуқықы сақлап қалынсын;

қайтыс болған әскерий хызметкердиң жаңа некеге кирмеген өмирлик жолдасы ҳәм (ямаса) әскерий хызметкердиң қарамағында болған ата-анасынан бирине Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлерге турақ жайды ижараға алғаны (ижарада турғаны) ушын ҳәр айлық пул компенсациясын төлеў тәртиби қолланылсын (мүлкинде турақ жай болмаған жағдайда).

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2023-жыл 1-июньнан баслап:

а) қайтыс болған әскерий хызметкердиң перзентлери мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бийпул тәрбияланыўы, сондай-ақ, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик грант тийкарында қосымша квоталар бойынша билим алыўы тәмийинленеди;

б) қайтыс болған әскерий хызметкердиң ата-аналарына жылына еки мәрте темир жол ҳәм ҳаўа жолаўшылары транспортынан бийпул пайдаланыў ҳуқықы бериледи;

в) қайтыс болған әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзаларына:

усы қайтыс болған әскерий хызметкерлер хызметти өтеген жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың медицина мәкемелеринде бийпул медициналық жәрдем алыў ҳуқықы сақлап қалынады, сондай-ақ, медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери шеңберинде медициналық жәрдемди тийкарғы түрде алыў ҳәм гезектен тыс емлеўханаға жатқарыў имканияты жаратылады;

жоқары технологиялық қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўши медицина шөлкемлери тәрепинен Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан бийпул медициналық жәрдем көрсетиледи;

гезектеги мийнет дем алысынан қолайлы ўақытта пайдаланыў, сондай-ақ, жылына еки ҳәптеге шекемги мүддетке мийнет ҳақы сақланбайтуғын қосымша  дем алыў ҳуқықы бериледи.

  1. Жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар Мәмлекетлик бюджеттен оларға ажыратылған қаржылар ҳәм бюджеттен тысқары дәреклери есабынан қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ушын олардың мүрәжатларына тийкарланып төмендегилерди тәмийинлесин:

Өзбекстан Республикасы аймағындағы санаторий-курорт мәкемелери ҳәм балаларды саламатландырыў орайларында жылына бир мәрте бийпул саламатландырыў;

шыпакерлердиң рецептлерине тийкарланып 3 айлық талаптан келип шығып дәри қуралларын (жылына бир мәрте), медициналық ҳәм арнаўлы протез-ортопедия үскенелерин алып бериў ҳәм хирургиялық операциялардың қәрежетлерин  қаплаў;

аўыр диагнозлы кеселликлери ҳәм майыплығы болғанларға шыпакерлердиң рецептлерине муўапық, жылына бир мәрте дәри қуралларының 50 процентине шекемги суммасын компенсациялаў.

  1. Усы Пәрманда (1-бәнт «а» киши бәнтиниң екинши ҳәм үшинши абзацларынан тысқары) белгиленген жеңиллик ҳәм кепилликлер 1991-жыл 1-январьдан баслап усы Пәрман күшке киргенге шекем қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына да қолланылсын.
  2. Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бажыхана комитети ҳәм Электрон технологияларды раўажландырыў орайы ҳәр бир қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарағын ғамхорлыққа алсын.

Онда:

қайтыс болған әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзаларынан хабар алыныўы, олардың турақ жай менен тәмийинлениў, жумысқа жайласыў, билим алыў, медициналық ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыў сондай-ақ, басқа да әҳмийетли мәселелериниң үйренилиўи ҳәм машқалаларының шешилиўи, усы Пәрман ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жеңиллик ҳәм кепилликлерден пайдаланыўда әмелий жәрдем көрсетип барылыўы тәмийинлесин;

жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың биринши басшылары усы бәнтте белгиленген ўазыйпалардың сапалы орынланыўына жеке жуўапкер етип белгиленсин;

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларда улыўма штатлар  саны шеңберинде олардың биринши  басшыларына усы бәнтте белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға жәрдемлесетуғын мәсләҳәтши лаўазымы киргизилсин ҳәм қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары менен турақлы байланысты орнатыў ушын исеним телефонлары иске қосылсын;

усы бәнттиң орынланыў нәтийжелери ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр айда мәлимлеме киргизип барылсын.

  1. Қорғаныў министрлиги Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте жумысшы топарлар дүзген ҳалда:

еки ай мүддетте усы Пәрманның 1,2 ҳәм 3-бәнтлеринде нәзерде тутылған ҳәр бир жеңиллик ҳәм кепилликти бериў тәртибин белгилеўши нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын;

2023-жыл 1-декабрьге шекем «Ветеранлар ҳаққында»ғы, «Әскерий хызметкерлердиң дәрежеси ҳәм оларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Әскерий хызметкерлердиң пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызам жойбарларын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ушын 2023-жылы министрлик ҳәм уйымларға Мәмлекетлик бюджеттен зәрүр қаржыларды ажыратсын, 2024-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
  2. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетиниң кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қорғаныў министри Б.Н.Курбанов, ишки ислер министри П.Р.Бобожонов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы А.А.Азизов, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы А.А.Усманов ҳәм Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Джураев белгиленсин.

Усы Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 13-март