Бүгинги күни дүнья жүзинде суў ең қымбат тәбийғый ресурслардың бирине айланып бармақта. Себеби, суўсыз дүньяда тиришилик болмайды. Тилекке қарсы, душшы суўдың резервлери де жер шарында шекленген. Сонлықтан бүгин турмысымызда суўды үнемли технологияларды енгизиўди заманның өзи талап етпекте.

Беруний районынындағы «Көшкинов Қудрат» фермер хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды раўажландырыў ҳәм оны кеңнен енгизиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Оған райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары, аўыл хожалығы хызметкерлери, фермерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Семинарда  Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң суўды үнемлеўши илимий ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў басқармасы баслығы Бегзад Холмуроджонов сөзге шығып, бул бағдарда елимизде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм заманагөй технологиялардың абзаллықлары туўралы кең түрде түсиниклер берди.

Сондай-ақ, илажда егинлерге жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизген «Уразимбетов Неъматжан», «Аёл бахти», «Көшкинов Қудрат» фермер хожалығының баслықлары өзлериниң ис тәжирийбесинен келип шығып, суўды үнемлеўши технологиялардың пайдалы тәреплери ҳаққында өз пикирлерин билдирди.



Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, быйыл Беруний районында улыўма 3220 гектар жерге суўды үнемлеўши технологиялар енгизиледи. Соннан 2875 гектар майданға тамшылатып, 195 гектарға жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў белгиленген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы