Сырт ел баспасөзи бетлеринде Өзбекстан
БАӘ жетекши мәлимлеме агентлиги – WAM бетинде Өзбекстандағы ең ири нефть-газ компанияларынан бири – Санаат энергетика топары (SEG) ҳәм халықаралық саўда, логистика ҳәм санаат тараўында жетекши Абу Даби портлары топары – «AD Ports Group» Өзбекстанда «АДЛ-Жалғаныў» атамасы астында логистика хызметин көрсетиўди мақсет еткен жаңа биргеликтеги кәрхана шөлкемлестиргени жәрияланды.
Мақалада жазылыўынша, «AD Ports Group» Өзбекстанның теңизге шығыў имканияты жоқ екенлигин есапқа алып, компаниялар ушырасатуғын логистика машқаласын шешиў мақсетинде жаңа компанияға глобал тәмийнат шынжыры логистикасы ҳәм алдыңғы технология бойынша бай тәжирийбесин ортақласады.
Биргеликтеги кәрхана тәреплердиң санаат жойбары логистикасы, нефть ҳәм газ, электрон коммерция, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика сыяқлы бир қатар тараўларда жумыс алып барыўшы мәмлекетимиз базарындағы басқа қатнасыўшылардың коммерциялық талабын қанаатландырады.
«АДЛ-Жалғаныў» жүк тасыў, ҳаўа ҳәм қурғақлық логистикасы, қоймахана, бажыхана рәсмийлестириўи, сондай-ақ, ишки контейнер қоймаханалары ҳәм қурғақлықтағы портларды раўажландырыўды өз ишине алған ҳәр қыйлы алдыңғы хызметлерди усыныс етеди. Буннан тысқары хызметлердиң интеграциясы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўшы бир қатар санлы шешимлер усыныс етеди. Сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм жеткерип бериў шынжыры тараўындағы тәжирийбесин Өзбекстанда азық-аўқат орайы шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаўда да қолланады.
Азия ҳәм Европа базарлары арасындағы саўда жоллары кесилиспесинде жайласқан стратегиялық жайласыў себепли Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан қурғақлықтағы логистика орайы болып есапланады. Жәҳән банки регионның жалпы ишки өними 2023-жылы 3.9, 2024-жылы 4.3 процентке өсиўин болжамақта.
– «АДЛ-Жалғаныў»дың иске қосылыўы бизге логистика портфелимизди кеңейтиў ҳәм тийкарғы базарда хызметлеримизди жақсылаў имканиятын бериўши платформаны усынады, – деди Абу Даби портлары топарының директорлар кеңеси баслығы Фарук Аз-Зир. – Соңғы бир неше жыл ишинде әмелге асырылған ири реформалар себепли сезилерли экономикалық өсиўге ерискен Өзбекстанда жүк тасыў ҳәм қоймахана хызметине талап кескин артып бармақта.
– Санаат энергетика топарының бас директоры Тимофей Смирнов былай деди: – Биз үлкен логистика имканияты ҳәм ири стратегиялық санаат тармағын қоллап-қуўатлаўға үлес қосып атырған Абу-Даби портларының топары менен бирге ислесиўди жолға қойғанымыздан қуўанышлымыз. Өзбекстан экспортқа бағдарланған ҳәр қыйлы әҳмийетли ҳәм зәрүр товарлар, соның ишинде, нефть, газ, алтын, мыс, пахта, азық-аўқат ҳәм жәҳән экономикасы ушын жүдә керек болған басқа да стратегиялық өнимлер ислеп шығаратуғын мәмлекет сыпатында тараўдың раўажланыўына үлкен үлес қоса алады.
Еслетип өтемиз, 2022-жыл июньда бул кәрханалар Өзбекстанда ең ири логистика кластерин жаратыў ҳаққындағы келисимге қол қойған еди.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА