Көпшиликке белгили болғанындай, елимизде  «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди.

Усы жойбар тийкарында Кегейли  районында быйылғы жылдың бәҳәр мәўсиминде 300 мың түп терек нәллерин  егиў жумыслары алып барылады. Нәллерди өз ўақтында ҳәм сапалы түрде егиў адамлардан бағшылық бойынша билим ҳәм тәжирийбе талап етеди.

Сонлықтан, Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен аймақларды көклемзарластырыў бойынша «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын нәтийжели алып барыў мақсетинде терек нәллерин егиў жумысларына арналған көргизбели семинар болып өтти.

Оған райондағы мәкеме, шөлкем ҳәм кәрхана басшылары, фермерлер ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Семинарда район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм тийисли тараў басшылары шығып сөйлеп, нәл егиў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў, жерлерди егиске таярлаў ҳәм нәллерге агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизиў бойынша өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Соңынан семинар қатнасыўшылары бир гектардан аслам майданға мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў жумысларын әмелге асырды.



Жойбар шеңберинде нәл егиў жумыслары районда ҳәр күни даўам етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы