Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында видеоконференцбайланыс тәризинде болып өткен мәжилисте Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлоновтың тараўда мийнет етип атырған ҳаял-қызларға жоллаған байрам қутлықлаўы тыңланып, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлиги жолында алып барып атырған нәтийжели мийнети, хызмет ўазыйпасы даўамында ерискен табыслары ушын бир топар хызметкерлер мүнәсип сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы жеке қурамының 10 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурап, олар бүгин елимиздиң шегара бажыхана постларында, сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постларында ҳәм басқарма аппаратында ерлер менен бир сапта турып жемисли мийнет етип келмекте.
Бажыхана уйымларында ҳаял-қызлардың абырайын арттырыў, гендер теңлик мәселесине қаратылып атырған итибар бүгин өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының үлкен инспекторы Ш.Жуманиёзова Президентимиздың пәрманына муўапық “Дўстлик” ордени менен сыйлықланған болса, күни кеше байрам алдынан Президентимиздиң пәрманына муўапық Хожели шегара бажыхана постының үлкен инспекторы Л.Расулова “Содиқ хизматлари учун” медалы менен сыйлықланды. Ҳаял-қызлар мийнетиниң бундай жоқары дәрежеде баҳаланыўы хызметкерлердиң, соның ишинде, жас кадрлардың келешекте жоқары нәтийжелерге ерисиўинде жигерлендириўши ўазыйпасын атқарады.
Салтанатлы мәжилисте бажыхана басқармасында хызмет атқарып атырған ҳаял-қызларға мүддетинен алдын арнаўлы дәреже, “Бажыхана хызметиниң III дәрежели ағласы”, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Алғыснамалар тапсырылды.
Илажда байрам мүнәсибети менен ҳаял-қызлар арасында спорттың стол тенниси, бадминтон ҳәм шашка түрлери бойынша өткерилген жарысларда жоқары нәтийжеге ерисип, қарсыласларынан үстин келген бир топар хызметкерлер басқарма басшылары тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигининң шолыўшысы