Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Дәўир қызлары» атамасында таңлаў болып өтти.
Таңлаўға өзлериниң билими, қәбилети ҳәм өнерлери менен айрықша көзге түскен студент-қызлар қатнасып, төрешилер қурамы тәрепинен олардың аспазлық, өзин ҳәм оқыйтуғын билим дәргайын таныстырыў сыяқлы шәртлер бойынша қәбилетлерин сынақтан өткерди. Сондай-ақ, қызлардың көркем сүўретлеў, қол мийнети үлгилери тамашагөйлердиң нәзерине усынылды.
Қызғын беллесиўлерге бай болған таңлаў жуўмағында «Психология» ҳәм «Волейбол» қәнигеликлериниң студентлери Д.Ерназарова менен Г.Уринбаевалар жеңимпаз деп табылды. Сондай-ақ, «Ең шебер қыз», «Ең зийрек қыз», «Ең излениўшең қыз» сыяқлы бир қанша номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды. Жеңимпазларға Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Таңлаў филиал студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.