Қараөзек районындағы мәденият сарайында 8-март-халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен «Сен муқаддессең-муқаддес ҳаял» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Оған халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет етип киятырған белсенди ҳал-қызлар, нураный апалар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Кешеде район ҳәкими У.Утамбетов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады ҳәм олардың районда жүргизилип атырған социал-экономикалық реформаларға қосып атырған үлеслерин мақтаныш пенен тилге алды.

Соңынан өзлериниң хызмет ўазыйпаларын жуўапкершилик пенен атқарыўда пидайылық көрсетип, елимиздиң раўажланыўына өз үлеслерин қосып киятырған бир қатар белсенди ҳаял-қызларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған байрам саўғаларын тапсырылды.

Илажда районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди ҳәм бул оларда умытылмас тәсирлер қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.