Өзбекстан Республикасы судлары Жоқарғы Кеңесиниң шөлкемлестириўинде онлайн тәризинде 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.
Илажға студиялар арқалы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы судлардың судьялары ҳәм хызметкерлери онлайн тәризинде қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер тараўда айрықша хызмет етип атырған ҳаял-қызлардың жумысларын атап өтип, ҳаял-қызларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Илажда тараўда белсендилиги менен көзге түсип, судьялық миннетин минсиз түрде, ҳадал ҳәм шын кеўилден орынлап киятырған, жас кадрларды таярлаўда, халықтың судьяларға болған исенимин арттырыўда үлкен үлес қосып киятырған бир қатар ҳаял-қызлар Өзбекстан Республикасы судлары Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары, «Суд фахрийси» көкирек белгилери менен сыйлықланды.
– Мийнетлеримиз баҳаланып, байрам қарсаңында сыйлықланғанлар қатарынан орын алғанымнан қуўанышлыман,-дейди сыйлықланғанлардың бири, Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судьясы Гаўҳар Зарипова.
Алдағы ўақытлары да халықтың исенимин ақлап, судлаўда нызам үстинлигин тәмийинлеў, әдилликти енгизиў принциплерине әмел етемиз, деп исеним билдиремиз.
Орынларда байрам илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.