Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 16-февральдағы «2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул қарар тийкарында республикамыздағы бир қатар министрликлер, мәкеме, шөлкем ҳәм кәрханалардың төбесине қуяш панеллери орнатылмақта.
Сондай-ақ, Президент қарары тийкарында Кегейли районында 328, соның ишинде «Темир дәптер»ге киргизилген 14 шаңараққа қуяш панеллерин орнатыў режелестирилген.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, район ҳәкимлигиниң жәрдеминде арнаўлы қәнигелер тәрепинен Жаңабазар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы «Темир дәптер»де дизимде турыўшы пуқара Худайберген Бердишовтың шаңарағына қуяш панели орнатып берилип, шаңарақ ағзаларына қуяш панеллериниң абзаллықлары ҳәм пайдаланыў тәртиби түсиндирилди.
-Шаңарағымызға көрсетип атырған бундай ғамқорлығы ушын район басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремен,-дейди Худайберген Бердишов.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, буннан бир неше айлар алдын, бул шаңарақтың жағдайынан келип шығып, Х.Бердишовтың турақ жайының тɵбеси район ҳәкимлиги тәрепинен шиферланып берилген еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы