Елимиз өзиниң бай тарийхы ҳәм өтмишине ийе. Оны изертлеп үйрениў ҳәм келешек әўладқа жеткериў бүгинги күни елимиз зиялылары ҳәм тарийхшыларына үлкен жуўапкершилик жүклемекте. Сонлықтан соңғы жыллары бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанның бир неше мәрте чемпионы, ветеран спортшы Алламберген  Сатаев тәрепинен жазылған «Хожели тарийхы» китабын да усындай мийнетлер қатарына киргизсек болады.

Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында «Хожели тарийхы» китабын таныстырыў мәресими болып өтти.

Оған районның кең жәмийетшилиги, илимпазлар, жазыўшы-шайырлар, журналистлер, нураныйлар ҳәм аймақ белсендилери қатнасты.

Мәресимде район ҳәкими Ж.Ермашев Хожели тарийхы ҳәм соңғы жыллары аймақта әмелге асырылып атырған жаңа өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳаққында кең түрде шығып сөйлеп, жазыўшы ҳәм ветеран спортшы А.Сатаевтың жаңа китабы бойынша өзиниң пикирлерин билдирди.

Соңынан кешеде Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Гуманитар илимлер илимий  изертлеў институты директоры, тарийх илимлериниң докторы М.Қарлыбаев, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң археология кафедрасы баслығы Ж.Ҳәкимниязов, «Еркин Қарақалпақстан» -«Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы ўазыйпасын атқарыўшы Қ.Байниязов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети  тарийх факультетиниң деканы С.Сулайманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, район тарийхына байланыслы китап бойынша өзиниң баҳалы пикирлерин айтып өтти. Атап айтқанда, шығып сөйлеўшилер тәрепинен  китап халық хожалығының көплеген тараўларында мийнет еткен пидайы хызметкерлер ҳаққында жазылғаны атап өтилип, келешек әўладларымыз болған жасларға, үлке тарийхына қызығыўшыларға қунлы дәрек болып хызмет ететуғынлығы атап өтилди. Сондай-ақ, кешеде район ҳәкимлиги тәрепинен А.Сатаевқа терең миннетдаршылық билдирилип, 1000 дана китапты баспадан шығарыўда әмелий жәрдем етиў илажлары көрилетуғынлығы айтып өтилди.









Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы