Бас министр Абдулла Арипов басшылығындағы Өзбекстан ҳүкимети делегациясы рәсмий сапар менен Германияда болып тур.

Өзбекстан делегациясы 1-март күни Берлин қаласында болып өткен еки мәмлекет Саўда-санаат палаталарының қатнасыўында шөлкемлестирилген Өзбекстан-Германия бизнес-форумында қатнасты.

Сондай-ақ, илажда рәсмийлерден тысқары компаниялар басшылары ҳәм 400 ден артық исбилермен топар ўәкиллери де қатнасқан.

Атап өтилиўинше, бүгин 2-март күни Гамбургте «Өзбекстан экономикасы күни» болып өтеди ҳәм онда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Вахабов презентация ислейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги