Америка Қурама Штатлары Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен басшылығындағы делегация сапар етип Өзбекстанға келди.

1-март күни Э.Блинкен дәслеп Өзбекстан сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Бахтиёр Саидов пенен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселеси додаланды. Бизнес алмасыўы ушын қолайлы шараят жаратыў, кадрлар потенциалын арттырыў, регионаллық қәўипсизликти беккемлеў бойынша ҳәрекетти бирлестириўге келисип алынды.

Буннан соң мийманлар Ташкенттиң руўхый ҳәм диний жүреги болып есапланған Ҳәзирети Имам комплексине барды. АҚШ ўәкиллерин Өзбекстан мусылманлары уйымы баслығының биринши орынбасары Ҳомиджан молла Ишматбеков күтип алды. Мәмлекетлик хаткерге Ҳәзирети Имам комплекси, имаратқа тутас қурылып атыран Ислам цивилизациясы орайы, аймақта мусылманлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди.











АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң басшысы Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетине де барып, студентлер менен қызғын пикир алысты. Белгили дипломат АҚШ ҳәм Өзбекстан арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди унамлы баҳалады.

Усы күнниң өзинде Энтони Блинкенниң қатнасыўында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди.

– Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасық Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң, түп-тийкарынан раўажланды,-деди АҚШ сыртқы сиясат уйымының басшысы. – Бүгин болып өткен барлық ушырасыўлар ҳәзирги байланысты және де беккемлеўге тийкар жаратады. Биз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаймыз. Усы жерде, Өзбекстанның мийнет ҳуқықы тараўында ерискен жетискенликлерин айрықша атап өтпекшимен. 11 жыл даўамында 300 ден аслам халықаралық компания балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет себепли өзбек пахтасынан пайдаланыўдан ўаз кешип киятырған еди. Өзбекстан ҳүкимети жергиликли ҳәм халықаралық мийнет аўқамлары, инсан ҳуқықы тараўына байланыслы шөлкемлер менен биргеликте тек ғана жаңа мийнет кодексин қабыл етип қоймастан, ал ҳүжжеттиң әмелде қолланылыўын тәмийинлеў арқалы ҳәр қыйлы нызамбузыўшылықлардың алдын алды. Бул тарийхый жетискенлик ҳәм басқа мәмлекетлерге үлги.

Усы тәризде АҚШ Мәмлекетлик хаткериниң мәмлекетимизге сапары жуўмақланды. Энтони Блинкен 2-март күни Нью-Дели қаласында өтетуғын «Үлкен жигирмалық» мәмлекетлери сыртқы  ислер министрлериниң ушырасыўында қатнасады.


Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Ўткир АЛИМОВ,

Носиржан Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзА