Бүгин, 2-март күни, Ташкент қаласында Сенаттың мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимат ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги