Бүгинги күнде халықтың турмыс жағдайын, аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, халыққа коммуналлық хызмет көрсетиў, хожалықлардың электр энергиясы, газ ҳәм ишимлик суў менен тәмийинлениўи, жол, балалар бақшасы ҳәм басқа да усы сыяқлы турмыслық мәселелерге үлкен итибар қаратылмақта. Соннан, халықты үзликсиз түрде электр энергиясы менен тәмийинлеў жумысларын жеделлестириў бағдарында бир неше пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрь күнги «2020–2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарарға муўапық, «Худудий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тәрепинен 2022-жылда республикамыздағы киши кернеўли тармақларды модернизациялаў жумысларында 556,8 километрлик электр узатыў тармақларын ҳәм 90 трансформатор пунктин жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген. Бүгинги күнде усы режеде көрсетилген ўазыйпалар толық орынланып, оған 32,3 миллиард сум муғдарында қаржы жумсалған.

Соннан, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги «2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, республикамыздағы 34 мәҳәлледе, жәми 159,5 километрлик узынлықтағы 0,4-6-10 кВ.лық электр узатыў тармақларын, 51 трансформатор пунктин реконструкциялаў ҳәм жаңадан қурыў жумыслары режелестирилген. Бул  жумысларға жәми 21 миллиард 332,8 миллион сумлық қаржы ажыратылыўы белгиленди.

– Қарар тийкарында, халықты электр энергиясы менен тәмийинлеў жумыслары белгиленген режелерге муўапық, басқышпа-басқыш даўам етпекте. Бүгинги күнде жәми 194,5 километрлик электр узатыў тармақлары, 51 трансформатор пункти реконструкцияланды ҳәм жаңадан қурылды,-дейди филиалдың ири қурылыс бойынша директоры Нөкисбай Утегенов. – Бул жумысларға 15 миллиард сум муғдарында қаржы жумсалды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрь күнги
«Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қараөзек, Кегейли ҳәм Қанлыкөл  районларында, жәми 2,6 километрлик узынлықтағы 6-10 кВ. электр узатыў тармақлары ҳәм 4 трансформатор пунктин реконструкциялаў ҳәм жаңадан қурыў, оған 596,3 миллион сум қаржы жумсаў режелестирилген еди. Бүгинги күнде режеде белгиленген ўазыйпалар 100 процентке орынланды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгиленген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде Нөкис қаласындағы 7 аўыр мәҳәлледе жәми 163,8 километрлик электр узатыў тармақлары, 22 трансформатор пункти реконструкцияланып, жаңадан қурылды. Бул жумысларға 7,2 миллиард сумлық қаржы жумсалды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында төмен кернеўли тармақларды модернизациялаў жумысларына қала ҳәм районлардағы жәми 13 мәҳәллениң 34,4 километрлик электр узатыў тармақларын ҳәм 12 трансформатор пунктин жаңадан қурыў, реконструкциялаў белгиленип, бул жумысларға 2 миллиард 995,1 миллион сум қаржы ажыратылды. Филиал тәрепинен бүгинги күнге шекем жәми 561 дана, яғный 100 процент темир бетон бағаналары орнатылып, 34,4 километрлик, яғный 100 процент электр узатыў тармақлары тартылды, 9 дана яғный 75 процент трансформатор пунктлери реконструкцияланып, жаңадан қурылды.

Жоқарыдағы исленген қурылыс-монтажлаў жумысларына жәми 1 миллиард 613,5 миллион сум муғдарында қаржы жумсалып, 1314 хожалықтың электр энергияға болған талабы жақсыланды.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги