Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигинде заманагөй медициналық жәрдем машиналары ҳәм велосипедлерди тапсырыў мәресими болды.

Илажда атап өтилгениндей, мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында емлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды заманагөй медициналық әсбап-үскенелер, арнаўлы инвентарьлар менен тәмийинлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы жылдың басында Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала, Беруний, Бозатаў, Кегейли ҳәм Шымбай районларына тапсырылған жәми 10 дана  “Volkswagen Caddy”  қыстаўлы медициналық жәрдем машиналары бүгинги күни халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Илаж соңында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен республикамызға  және 10 дана  “Volkswagen Caddy”  қыстаўлы медициналық жәрдем машинасы ҳәм патронаж мийирбийкелер ушын 64 велосипед тапсырылды.












Қарақалпақстан хабар агентлиги