Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Қанлыкөл районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде абаданластырыў жумысларындағы талан-таражлықлар анықланды.

Атап айтқанда, “N.K.” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “Я.Б.И.” компаниясының жуўапкер шахслары алдын ала өз-ара тил бириктирип, Дослық мәкан пуқаралар жыйыны аймағында абаданластырыўдағы қурылыс-оңлаўда ҳүжжетлерге әмелде орынланбаған жумысларды қосып жазыў арқалы 224,4 миллион сумды өзлестириў жолы менен талан-тараж еткенлиги мәлим болды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги