Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында 1-март – Өзбекстан халық шайыры Зульфия Исраилованың туўылған күни мүнәсибети менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Ушырасыўда Зульфия сыйлығының лауреатлары, оқыў орны басшылары, профессор-оқытыўшылары, шайырдың дөретиўшилигине қызығыўшы студент-жаслар қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, елимизде соңғы жылларда Зульфия шайырдың бай ҳәм көп қырлы дөретиўшилик мийрасын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, оның өлмес шығармаларын жасларға кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм естелигин мәңгилестириў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылып атыр. Бүгинги күнде Зульфия шайырдың дөретиўшилигине қызығыўшы қызлардың саны және де артып, оның шығармалары қызлардың тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе. Пүткил дүньяда шайырға ҳүрмет көрсетилип, ол алға қойған идеялар ҳеш қашан гөнермейди. Зульфия «Уйлар», «Шалола» сыяқлы поэзиялық топламлары ушын Ҳамза атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болған. Ҳинд тематикасындағы қосықлары ушын Жавоҳарлал Неру атындағы, тынышлық ҳәм дослықты жырлайтуғын шығармалары және Азия ҳәм Африка жазыўшылары ҳәрекетиндеги белсендилиги ушын халықаралық «Нилуфар» сыйлықларына ылайық көрилген. Шайыр Ҳиндстан, Югославия, Шри Ланка, Египет, Бирма, Австрия сыяқлы мәмлекетлерде болды. 1956-жылы Азия ҳәм Африка жазыўшыларының Делиде өткерилген биринши конференциясында қатнасып, көпшиликке белгили «Мушоира» дөретпесин жаратты. Оның қосықлары рус, инглис, немис, ҳинд, болгар, қытай, араб, парсы ҳәм басқа да көплеген тиллерге аўдарылған. Зульфия Н.Некрасов, М.Лермонтов, В.Инбер, Леся Украинка, Эди Огнецвет, М.Дилбозий, Амитра Притам шығармаларын өзбек тилине шебер аўдарған.

–  Өзиниң қосықлары ҳәм өмир жолы менен өзбек ҳаялының тымсалына айланған белгили шайыр Зульфия Исраилованың 108 жыллығына бағышланған «Зульфия избасарларымыз» атамасындағы кешеге қатнасып атырмыз. Илажды өткериўден мақсет – досларымызға шайырдың ийгиликли ислерин, дөретиўшилигин таныстырыў, миллий үрп-әдет, дәстүрлеримизге садықлық пазыйлетлерин қәлиплестириў болып табылады, -дейди филиал студенти Нилуфар Абдуназарова.- 1999-жылы оның атына мәмлекетлик сыйлық енгизилген болса, соннан берли көплеген қызлар усы сыйлық ийелери болды. Мен де солар қатарында Зульфия апамыздың избасарына айланыўды нийет еткенмен.

Илаж шеңберинде студент-қызлар Зульфия Исраилованың шығармаларынан үлгилер оқып, шайырдың портретлерин салды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги