Қуяш энергиясы қоршаған орталықты патасламайтуғын, пайдаланылыўы жағынан ҳеш қандай биологиялық қәўипли болмаған, энергияның ең жаңа түри болып табылады. Қуяш – таўсылмайтуғын энергия дәреги болып, оннан пайдаланыў энергетикалық мәселелерди шешиўдиң ең әпиўайы ҳәм арзан усылы есапланады. Әҳмийетлиси, қуяш энергиясынан кең масштабта пайдаланыў планетамызда қәлиплескен эволюциялық энергетикалық балансты бузбайды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кең пайдаланыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин енгизиў, усы дәреклер арқалы электр ҳәм ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў және ҳәкимшилик-турмыслық имаратлар ҳәм объектлерде энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.




Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Иброҳим Абдураҳмонов басшылығында өткерилген мәжилисте барлық жоқары оқыў орынларында альтернатив энергетикаға өтиў мәселеси додаланып, ректорларға оқыў ҳәм студентлердиң турақ жайлары имаратларын толық қуяш энергиясы панельлери менен үскенелеў тапсырылған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 9-сентябрьдеги «Энергияны үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм киши қуўатлылыққа ийе қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы талапларын орынлаў, сондай-ақ, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кең түрде пайдаланыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин турмысқа енгизиў мақсетинде Әжинияз атындағы Нɵкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 600 орынға мɵлшерленген студентлер турақ жайы имараты ушын республикалық товар шийки зат өндирислик биржасы арқалы «NDKAB TEXAS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен 482 миллион 912 мың сумға шәртнама дүзилип, 20 дана улыўма 4 тонналық қуяш энергиясынан суў ысытыў қурылмалары орнатылды ҳәм иске түсирилди.





Сондай-ақ, республикалық товар шийки зат өндирислик биржасы арқалы 1 миллиард 200 мың сумға «SUN-HIGHTECH» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен шәртнама дүзилип, институт имаратларына орнатыў ушын қуўатлылығы 100 кВт болған 1 комплект энергия үнемлеўши қуяш панельлери станциясы және де институт әтирапларын түнги жақтыландырыў ушын 100 дана қуяш жақтыландырыў қурылмалары сатып алынып, бүгинги күнде усы қурылмалардан нәтийжели пайдаланылмақта.

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги