Жол ҳәрекети қағыйдаларына бола, жолдың қатнаў бөлегинде ҳәрекетленип атырған ҳәм жолды оңлаўға жуўапкер хызметкерлер қараңғыда нур қайтарыўшы камзулда болыўы керек екенлиги белгиленген.

Бул талап басқа шахсларға, соның ишинде, пиядалар ушын мәжбүрий емес, усыныслық характерге ийе.

Сондай-ақ, нызамшылықта Ишки ислер министрлиги тәрепинен пиядалардың қараңғыда ҳәрекетленип атырғанда нур қайтарыўшы үстки кийимде болыўын үгит-нәсиятлаў жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўда әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенлиги атап өтилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги