Пайтахтымыздағы «Жазыўшылар қыябаны»нда белгили дөретиўши, Өзбекстан халық шайыры Зульфияның туўылған күнине бағышланған салатанатлы илаж болып өтти. Онда белсенди ҳаял-қызлар, дөретиўшилер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илаж алдында Зульфия естелигине гүлшеңберлер қойылды.

Салатанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Зулайҳо Маҳкамова мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, мәрипатлы аналар арқалы жасларды тәрбиялаў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың шөлкемлестирилгени қызларды дөретиўшиликке, белсендиликке шақырыўда әҳмийетли орын ийелемекте.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид Зульфияның өмири садықлық, меҳир, пидайылыққа бағышланғанын атап өтти. Шайырымыздың өмири, дөретиўшилиги, өмир жолы жаслар ушын үлкен ибрат мектеби ўазыйпасын атқармақта. Жаңа Өзбекстанды қурыўда Зульфия Исроилова сыяқлы дөретиўшилердиң пидайылығы, мийнети жаслар ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Ташкент медицина академиясының ректоры Алишер Шодмонов усы жоқары оқыў дәргайында да Зульфия дөретиўшилигин үйрениў мәселеси итибарда екенин атап өтти.






– Зульфияханым менен жигирма жыл даўамында бирге ислесиўге, кейин ала болса өмириниң ақырына шекем олар менен сәўбетте болыў бахтына еристим,-деди Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы басшысының орынбасары, белгили дөретиўши Муҳтарама Улуғова. – Зульфияханым айтқан сөзи менен иси бир болған дөретиўши еди.

Илажда жақында шөлкемлестирилген Зульфия атындағы стипендия өз ийелерине тапсырылды.

– Мен мектепте оқып жүрген ўақытларымда-ақ Зульфия дөретиўшилиги менен таныс едим,-деди Ташкент медицина академиясының студенти, Зульфия атындағы стипендия ийеси Ожасви Шарма (Ҳиндстан). – Зульфияның қосықларына ҳиндстанлы жәмийетлик ғайраткер Жавоҳарлаъл Неру тәрепинен де жоқары баҳа берилген. Өзбекстанда әдебиятқа қаратылып атырған итибарды жоқары баҳалайман.

Илажда Зульфияның қосықларынан үлгилер оқылды. Оның дөретиўшилигине байланыслы таңлаў жеңимпазлары сыйлықланды.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы