Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жол ҳәрекети қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Қарарына бола, сутканың қараңғы ҳәм жетерли дәрежеде көринбейтуғын шараятында велосипед жолы болмаған жағдайда жолдың қатнаў бөлегинде ҳәрекетленип атырған велосипедшилер нур қайтарыўшы камзулде ямаса нур қайтарыўшы элементлер болған үстки кийимде болыўы керек. Онда усы нур қайтарыўшы элементлер басқа айдаўшыларға көринетуғын болыўы тийис.

Сондай-ақ, ҳүжжетте Ишки ислер министрлиги тәрепинен транспорт қуралының артқы орынлығындағы жолаўшылар да қәўипсизлик белбеў (ремен)ин тағып алыўы ҳәм сутканың қараңғы ўақтында ҳәм жетерли дәрежеде көринбейтуғын шараятта жолды кесип өтиўде, жолдың бойларынан ямаса қатнаў бөлегиниң шетинен ҳәрекетлениўде, пиядалардың үстки кийиминде нур қайтарыўшы элементлер болыўы инсан өмирин сақлап қалыў ушын әҳмийетли екенин үгит-нәсиятлаў бойынша илажларды әмелге асырыў керек екенлиги атап өтилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги