Жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм олардың пайда болыў себеплерин анықлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған бағдарламалар шеңберинде күнниң қараңғы бөлегинде келешекте мектеп оқыўшылары, веложолда ҳәрекетлениўши шахслар ҳәм пиядалар ушын нур қайтарыўшы жилетлерден пайдаланыў тәртиби енгизиледи.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң баспасөз хаткери Музифа Султонованың ӨзАға билдирип өтиўинше, мектеп оқыўшылары қәўендерлик жәрдеми тийкарында нурды қайтарыўшы жилетлер менен тәмийинленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги